Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклилестириў

Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклилестириў

03.02.2025 10:42:43 29 Баспаға шығарыў

Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклилестириў ҳаққында 728-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы кабыл етилген.

Усы нызамның 12-статясында Меншиклестирилмейтуғын жер участкаларына көрсетип өтилген.Булар:

Пайдалы қазылма кәнлери жайласқан жер участкалары;

Тәбиятты қорғаў, саламатластырыў, рекреация мақсетлери ҳәм тарийхый-мәдений мақсетлер ушын арналған жерлер қурамына киретуғын жер участкалары;

Нызамшылыққа муўапық меншиклестирилмейтуғын мәмлекетлик мүлк обектлери жайласқан жер участкалары;

Қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын нызамшылықта шеклеўлер белгиленген аймақлардан пайдаланыў зоналарында жайласқан жер участкалары;

Қәўипли затлар менен зыянланған ҳәм биоген зәҳәрлениўге ушыраған жер участкалары;

Көп квартиралы турақ жайлар жайласқан, сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайларға тутас жер участкалары;

Мәмлекетлик-жеке шериклик жойбарларын, социаллық шериклик ҳаққындағы келисим ҳәм шәртнамаларды әмелге асырыў ушын берилген, сондай-ақ, юридикалық тәреплерге жәмийетлик мүтәжликлер ушын берилген жер участкалары көрсетип өтилген.

Соның менен бирге 14-статясында жер участкаларын меншиклестириӯ усылларына:

Меншиклестириў субъектлери тəрепинен өзине турақлы пайдаланыў (ийелик қылыў ), ижара ямаса мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын сатып алыў ;

жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы сатып алыў арқалы әмелге асырылыӯ белгилеп өтилген.

 

«Электрон онлайн-аукционларды

шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан

Республикасы аймақлық ўәкили.                               Р.Есимбетов

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content