Әмиўдәрья районында кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

Әмиўдәрья районында кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

29.01.2025 10:14:22 59 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Әмиўдәрья районында мәжилис өткерилип, аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди.

Усы күнниң өзинде топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Атап өтиў орынлы, усы жылдың өзинде райондағы жазда қум-шаң, жаўынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген жәми 107 км топырақ жоллардың қум-щебень араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилген. Республикалық көлемдеги басшылардың қатнасыўында дәслеп «Тошқалъа» мәҳәллесинде басланған абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўда арнаўлы техникалар, мәкеме-шөлкемлердиң хызметкерлери менен бирге Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери де мобилизация етилген.

Пайдалы ресурслар
Skip to content