Жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған ең ири жойбарлардың бири болған халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомобиль жолының «Қоңырат-Бейнеў» арасындағы жаңадан курылған 240 километри халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған еди.
Бүгин усы автомобиль жолы бойын көкилемзарластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2025-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди.