Усы жыл 27-ноябрь күни «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети тәрепинен тутыныўшыларды үзликсиз ҳәм сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған брифинг болып өтти. Онда «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ, «Тахиаташ ыссылық электр станциясы» АЖ ҳәм «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан филиалы башылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасып, олар өзлериниң кәрханаларында энергия тәмийнатын жақсылаў бойынша алып барылып атырған ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўматлар берди. Видеоконференция форматында өткерилген илажда Қарақалпақстанның барлық районлары менен байланыс орнатылды. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораӯларын берип тийисли жуӯапларын алды. Солардың қатарында Шымбай районының журналистлери де қатнасып өзлерине керекли мағлыӯматларға ийе болды.