Баўыр тоқымаларының жарақатланыўы – гепатит деп аталады. Гепатит кеселлиги халық арасында «сары аўырыў кеселлиги» деп те аталады. Гепатиттиң А, В, С, D, Е түрлери бар, оларды вируслар шақырады.
Балаларда тийкарынан гепатиттиң А түри көбрек ушырасады. Бул кеселлик саў балаға жуқаннан кейин кеселликтиң дәслепки белгилери орташа 35 күн өтип пайда болады. Кеселликтиң дәслепки белгилери пайда боламан дегенше наўқасты саў балалардан ажратыў қыйын болады ҳәм наўқас сол дәўир ишинде көп муғдарда кеселлик шақырыўшы вирусларды үлкен ғәм киши дәрети арқалы сыртқы орталыққа ажратып шығарады. Ол өзиниң наўқаслығын билмегенлиги себепли тәрбияланыў, тәлим алыў, жумыс орнына қатнаўды даўам еттиреди. Жеке гигиене қағыйдаларының азғантай болсада бузылыўы кеселликтиң тарқалыўына шараят жаратады.
Гепатиттиң бул түри кеселлик шақырыўшы вирус пенен патасланған қолдан, наўқастың ыдыс-табақлары, сүлгиси ҳәм ойыншықларын пайдаланғанда жуғады. Бул кеселлик гүз-қыс мәўсиминде, тийкарынан бақша-мектеп жасындағы балалар арасында көбирек ушрасады.
Кеселликтиң тийкарғы белгилери:
– дене ыссылығының көтерилиўи;
– ҳәлсизлик;
– кеўил айныўы;
-қайтарыў;
– бас аўырыўы;
– оң қабырға астында аўырыў;
– үлкен дәреттиң реңсизленип ҳәм киши дәрет реңиниң тоқласыўы;
– териде, көзде сарылық пайда болыўы;
– баўыр ҳәм талақтың үлкейиўи;
Перзентиңизде жоқарыдағы белгилер гүзетилсе, дәрҳал шыпакерге мүрәжет қылыўыңыз керек. Шыпракер көриги, лабораториялық, инструменталлық усылларда тексериўлер өткерилгеннен соң ғана тийисли емлеў илажларын әмелге асырыў керек.
Егер перзентиңизде усы кеселлик анықланса емлеўханада жатып емлениўге, емленип шыққаннан соң толық саўалып кетиў ушын 6 айға шекемги мүддет даўамында физикалық жүклемелерден сақланып, диетаға әмел етиўине туўры келеди.
Кеселликтиң алдын алыў ушын …
• Аўқатланыўдан алдын ҳәм ҳәжетханаға барғаннан кейин қолды сабынлап жуўыў тийис.
• Мийўе-палыз өнимлерин жуўып жеў керек.
• Қайнатылған суў ишиў керек.
• Балалардың қолын, ойыншық ҳәм басқа затларды аўзына салыўын тыйыў керек.
• Ҳәжетханаларды тез-тез хлорлап зәрерсизлентириў, шыбынлардың көбейиўиниң алдын алыў керек.
КЕСЕЛЛИКТИҢ АЛДЫН АЛЫЎДА ЕҢ ИСЕНИМЛИ ЖОЛЫ БУЛ ВАКЦИНАЦИЯ БОЛЫП ЕСАПЛАНАДЫ.
Мәмлекет есабынан өткерилип атырған вакцинациялардың нәтийжесинде бүгинги күнде қызылша, қызамық, полиомиелит, дифтерия, көк жөтел, тепки, шын шешек сыяқлы бир қатар жуқпалы кеселликлердиң халық арасында пүткиллей жоқ болыўына ерисилди.
Республикамызда 2001-жылдан баслап вируслы гепатит В кеселлигине қарсы вакцинация миллий календарға киритилди, нәтийжеде вируслы гепатит В менен халқының кеселлениўшилик көрсеткиши 1990 жылларға салыстырғанда 8-10 есеге азайды. Балалар арасында кейинги жылларда бул кеселлик дизимге алынбады. Бирақ вируслы гепатит А кеселлигине қарсы вакцина ҳәзирше миллий календарға киритилмеген. Балалар арасында бул кеселлик пенен кеселлениўшилик көрсеткишиде жоқарылығынша қалмақта.
Ҳүрметли ата-аналар ҳәммемиз перзентлеримиздиң саламатлығы ушын жуўапкермиз. Балаларымыздың саламат өсиўи ҳәм қызықлы өмир сүриўи ушын балаларынызды өз уақтында шаныштырыўды мәсләхат етемиз.
Шымбай районы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлими.