Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша республикалық исши топар дүзилди.
Бүгин исши топар тәрепинен орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў, барлық буўындағы басшылардың пуқаралар машқалаларын шешиўдеги жуўапкершилигин еледе арттырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, сектор ҳәм тараў, барлық жергиликли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.