Шымбай районы сектор басшыларының 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары, сектор аймақларын комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша есабаты, “Мәҳәллебай ислеӯ” тийкарында 2025-жылы әмелге асырылатуғын “Жол Картасы”н тастыйықлаў ҳәм жумыс нәтийжелигин және де асырыў мақсетинде оларға бириктирилген аймақлардың бөлистирилиўин қайта көрип шығыў ҳаққында.
2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының
2024-жыл 29-ноябрь күнги КҚ-6-V-санлы карарының Шымбай районында Камбағаллықты қысқартырыў бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаў ис-илажлар ҳаққында
3. Жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм де орынланыўын мониторинг қылыў сондай-ақ, Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша районлық исши комиссиясы тәрепинен 2024-жыл даўамында алып барған жумыслары ҳаққында
4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл
31-январь күнги “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде халықтың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаўды жаңа басқышқа алып шығыўға тийисли қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-39-санлы қарарының Шымбай районында орынланыўы ҳаққында
5. Шымбай районында 2024-жыл 5-басқыш “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызларға манзилли көрсетилген жәрдемлерди есапқа алып 5-басқыш “Ҳаяллар дәптери” дизиминен шығарыў ҳаққында
6. Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәкимият қоры есабында бос турған жер майданларынан Кластер, дийқан ҳәм фермер хожалықларын шөлкемлестириў ушын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў ҳәм де жер майданларын ажыратыў ҳаққында.
7. Шымбай районындағы материаллық мәдений мийрас объектлерин ҳәм мәдений байлықларын анықлаў, есапқа алыў, қорғаў, асраў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, музей буйымлары ҳәм музей коллекцияларының пүтин сақланыў жағдайы ҳаққында.
8. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси ҳәм турақлы комиссияларының жыллық ис-режелерин тастыйықлаў ҳаққында мәселелер қарап шығылды ҳәм тийисли шешим қабыл етилди.