ОРАЗБАЙ ПИРЛЕНОВ – 60 ЖАСТА

ОРАЗБАЙ ПИРЛЕНОВ – 60 ЖАСТА

14.01.2025 16:55:47 107 Баспаға шығарыў

–Ҳә қай балларсыз?-деди кѳзин қуяштан кѳлегейлеген нураный.
¬ – Ассалаўма алейкум, бизлер районлық «Шымбай ҳаўазы» газетасынан едик. Сиз ҳаққында жазыўға келдик, ата.
– Ҳә бәрекелла, «Коммунизм нуры»нан ба? Ҳаў Пирленовписең? Ҳәй, қарағым-аў, бармысаң? Баяғыда әкең Қыдырбай Пирленов пенен де ислескен едик. Ол киси оғада айбатлы, ири геўдели, ѳз жумысына қатты жуўапкершилик пенен қарайтуғын қатты қол инсан еди,-деп бираз ѳткен күнлерди еслеп кѳзине жас алды. Мине дерлик еки жылға шамалас ўақыттан берли газета редакциясында жумыс ислеп атырған болсам, тек ғана районымыздағы емес, ал республика кѳлеминде де жети жастан жетпис жасқа шекемги адамлардың оның ҳүрмет-иззетин орнына қойып, сыйлағанлығының гүўасы болғанман. Сәл минези аўырлаў яки кѳпшилик оған қарата сѳз салыўға батына алмайтуғын айырым жасы үлкен нураный ақсақалларымыз бенен сәўбетлесиў ушын да талай рет Оразбай ағаны алдымызға жасы үлкен ретинде қәтереге салып барғанымыз ҳақыйқат. Усындай пайытлары ақ кѳкиреги менен алдымызға түсип жүретуғын ағамыздың барлығына қуўанамыз. Мине бүгин ол ѳзиниң 60 жасын қарсы алмақта.
–«1980-жылдың февраль айында Шымбайға биринши рет поезд келгенде ағам менен биргеликте оны сүўретке түсириўге барғанбыз. Ол ўақытлары үлкен фотоаппарат, ал мен ағама прожекторын жағысып қапталында жәрдемлесип жүремен. Ол жыллары ҳәзиргидей санлы фотоаппарат ҳәм видеокамералар жоқ, бир фотосүўретти түсирип, оны шығарыўдың машақаты ѳз алдына еди. 1986-жыллардан баслап усы тараўдағы биринши устазым, әкем, районлық газетаның ҳәм телевидениениң корреспонденти Қыдырбай Пирленовтан дәслеп фотосүўретке түсириў, соңына ала телеоператорлық сырларын да үйренгенмен. Әкемниң түсирген сүўретлерин республикалық газеталарға апарып берип турар едим. Әкем қайтыс болғаннан соң дәслеп 1993-жылдан баслап Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының Шымбай районы бойынша арнаўлы хабаршысы ҳәм телеоператоры, ал 2000-2006-жылларда болса Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының Шымбай районы бойынша телеоператоры болып иследим. Сондай-ақ, 1998-жылдан берли районлық газетаның фото хабаршысы болып ислеп киятырман»,-дейди ол сәўбети барысында.
Оразбай Пирленовтың аўыл-хожалығы, қурылыс, мәденият, билимлендириў сыяқлы районымыздың жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық тараўларынан таярлаған видео ҳәм фото материаллары «Хабар» информациялық бағдарламасы, «Ассалам, Қарақалпақстан», «Қызлары бар бизиң елдиң», «Инсан ҳәм тәбият» сыяқлы бир қанша

телекѳрсетиўлер менен «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» сыяқлы республикалық газеталарда да жәрияланып турды. Сондай-ақ, районымызда ҳәр қыйлы тараўларда хызмет етип, табысларға ерисип атырған мийнет алдыңғыларынан алған интервьюлери Қарақалпақстан радиоканалынан да берилип барар еди. Белгили журналистлер Атажан Халмуратов, Әбилқасым Ѳтепбергенов, Қыятбай Мадреймов, Базарбай Есмурзаев, Бийбиажар Нурназарова, Абатгүл Тәжимуратова ҳәм Дәме Алламуратовалар менен биргеликте тек ғана районымыз емес, ал Мойнақ, Қоңырат районларынан, Қазақдәрьядан тартып Тахтакѳпирдиң ең шетки Қоструба аўылларында жасаўшы шопанлар турмысынан да репортажлар таярлады.
Газета редакциясына 1997-2014-жылларда басшылық еткен белгили журналист Бекбай Сапаров пенен де районымыздың барлық тараўларынан таярланған қызықлы материаллары ушын кѳплеген фотосүўретлерди түсирип, сол дәўирлерди тарийх жылнамасына мѳрледи. Ҳақыйқатында да, Оразбай Пирленовтың фото объективине алынған тарийхый ўақыялар менен белгили ел азаматлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлер, мәденият ҳәм аўыл-хожалығы алдыңғыларының фотосүўретлери кѳпшилик шымбайлылардың үй архивинен орын алған.
Бүгин де районымыздың жәмийетлик-сиясий турмысында болып атырған барлық ѳзгерис ҳәм жаңалықлар, байрам ҳәм ҳәр қыйлы илажлар фото хабаршы Оразбай Пирленов тәрепинен түсирилген фото ҳәм видеороликлер арқалы халқымызға ҳәм кең жәмийетшиликке жетип бармақта. Айтылған жыйналыс яки мәжилиске ўақтынан ярым сағат бурын, фотоаппаратын сазлап барып тайын туратуғын, ѳз исине оғада жуўапкершилик пенен қарап, ѳз кәсибин жанынан артық сүйетуғын туўры сѳзли, ҳақыйқатты жүзиңе туппа-туўры айтып салатуғын, мийнеткеш инсан Оразбай Пирленов бүгин ѳзиниң 60 жасын қарсы алмақта.
Биз де газетамыз редакциясы атынан Ѳзбекстан Журналистлер аўқамы ағзасы, белгили телеоператор ҳәм фотокорреспондент Оразбай Пирленовқа беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық, дѳретиўшилик жумысларында табыслар тилеп, районымыз турмысының жылнамасын ѳзиниң фотосүўретлери арқалы тарийх бетлерине мѳрлеўдей оғада машақатлы ҳәм жуўапкершиликли жумысларында табыслар тилеймиз!

Пайдалы ресурслар
Skip to content