Әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды

Әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды

13.01.2025 16:39:53 127 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен барлық тараўлар қатарында әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин Нөкис қаласындағы әскерий қалашада бир топар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үй гилтлерин тапсырды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content