Шымбай районы 19-санлы ҳәмде 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Методикалық шеберлик сааты»на старт берилди

Шымбай районы 19-санлы ҳәмде 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Методикалық шеберлик сааты»на старт берилди

07.01.2025 16:04:54 39 Баспаға шығарыў

Методикалық шеберлик сааты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлестирилмекте.
Семинарда тренерлик етиўши 19-санлы шөлкем методисти Тилеубаева Гулжахан ҳәмде 26-санлы шөлкем тренер (ментор) методистлери Шыныбекова Света таяныш шөлкемлерге бириктирилген 30 мәмлекетлик шөлкемниң жетекши педагогларына өз тәжирийбелерин ҳәм билимлерин үйретип бармақта.
Семинардан өзлестирген билим ҳәм тәжирийбелерин жетекши педагоглар  мийнет жәмәәтлерине барып уйретип, өз ис-тәжирийбелерин еле де байытып барады. Методикалық шеберлик саатлары ҳәр айдың 1,3 ҳәптелеринде алып барылады.
Бул семинар арқалы педагоглар, жәҳән тәжирийбелеринен үлги алып, заманагөй билим бериўдиң жаңа формаларын енгизиў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараўының жаңа басқышларға шығыўында ирге тасы болып хызмет етери сөзсиз.

Пайдалы ресурслар
Skip to content