Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңеси ҳәмде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги депутатлық топарының 2020- жылға мөлшерленген ис-илажларының тийкарғы жөнелислери бойынша, Ис-режесиниң 67-бабында Өнерментшиликти раỷажландырыỷ пуқаралар,әсиресе келешегимиз болған жаслар арасында өнерментшилик,шаңарақ исбилерменлиги,кестешиликти раỷажландырыỷ, оларды жумыс пенен тәмийнлеỷди кеңейтиỷге қаратылған шөлкемлескенлик пенен шарт-шаратларды жаратыỷ белгиленген болып, усы баптың орынланыỷын тамийнлеỷ мақсетинде Шымбай районы «Жипек жолы» макан пуқаралар жыйыны аймағында жасаỷшы партиямыздың белсенди ағзасы өнермент Курбанова Кундыз өз уйинде жумыссыз ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиỷ мақсетинде «Устаз-шәкирт» жөнелисин жолға қойған, өнермент Қурбанова Кундыз 2021- жылдан район аймағынан «Өнерментлер орайы» жеке меншик фирмасын ашып, Темир дәптерге киритилген жәмлеспеген 50 ден артық ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийнлеỷ, оларға ис-ҳакы төлеп темир дәптер дизиминен шығарыỷды өз алдына мақсет етип, бүгинги күнде өз жумысларын баслап жиберди. Өнермент қызларымыз партия ағзалығына қабыл қылынды.