Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң төртинши сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң төртинши сессиясы болып өтти

27.12.2024 18:30:45 81 Баспаға шығарыў

Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти.

Сессия күн тәртибинде  бир  мәселе көрип шығылды.

1. Аймақларды комплекс социал-экономикалық раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў ҳәм турмыс дәрежесин асырыў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша Шымбай районы сектор баслықлары тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.
2. 2025-жылда Шымбай районын комплекс социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасын
ҳәм 2025-жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳәм де Шымбай районында 2024-2025-жылларда таңлап алынған ең аўыр мәҳәллелерде әмелге асырылатуған жумыслар ҳаққында.
3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.
4. Шымбай районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2024-жыл әмелге асырылған жумыслар ҳәм гендер теңлик маселелери ҳаққындағы есабаты.
5. Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Шымбай районы бөлими тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.
6. Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәкимият қоры есабында бос турған жер майданларынан Кластер, дийқан
ҳәм фермер хожалықларын шөлкемлестириў ушын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў ҳәм де жер майданларын ажыратыў ҳаққында.
7. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2024-жыл 28-ноябр кунги “Мийўе-палыз егинлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортын көбетиў илажлары ҳаққында”ғы кеңейтирилген тәрзде өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген 51-санлы тапсырмасының Шымбай районында орынланыўы ҳаққында.

Пайдалы ресурслар
Skip to content