ЖЕР РЕСУРСЛАРЫ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ИМКАНИЯТ

ЖЕР РЕСУРСЛАРЫ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ИМКАНИЯТ

24.12.2024 11:11:35 34 Баспаға шығарыў

«Исбилерменлик ҳəм қаласазлық искерлигин əмелге асырыўда жер ресурсларының инвестициялық мүмкиншиликлеринен нəтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-135-санлы пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен:

а) аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы ямаса ижара ҳуқықы тийкарында, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында сатып алыў муғдарын төмендеги шəртлерде ҳəр айда тең үлеслерде, қалдық суммаға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында пайыз есаплаған ҳалда бөлып төлеўге рухсат бериледи:

Ташкент, Нөкис қалалары ҳəм ўәлаятлар орайларында – 3 жыл даўамында кеминде 35 пайыз муғдарында дəслепки төлемди он бес жумыс күнинде əмелге асырыў шəрти менен;

басқа халық пунктлеринде – 5 жыл даўамында, 4- ҳəм 5-категориядағы районларда болса 10 жыл даўамында кеминде 15 пайыз муғдарында дəслепки төлемди он бес жумыс күнинде əмелге асырыў шəрти менен;

б) барлық түрдеги жер участкаларының муғдарын он бес жумыс күнинде толық төленген жағдайда, жəми суммаға салыстырғанда 20 пайыз шегирме  бериледи, буннан басланғыш баҳасы 50 пайыздан артыққа кемейтирилген ҳалда реализация етилген жер участкалары тысқары ;

в) жер участкалары ең жақсы усынысты таңлаў тийкарында баҳалаӯшы шөлкем анықлайтуғын базар баҳасында Министрлер Кабинети тəрепинен туўрыдан-туўры реализация етилгенде, бул жер участкасы ушын төмендеги көринислерден биринде есап -китап етилиўи мүмкин:

жер участкасының баҳасын тиккелей төлеў, сондай-ақ, бул бантге муўапық бөлып төлеў;

жер участкасының баҳасын талабан тəрепинен шөлкемлестирилген (шөлкемлестирилетуғын) хожалық жəмийетиниң устав фондына белгиленген шəртлер тийкарында мəмлекет үлеси ретинде киргизиў.

 

 

 

«Электрон онлайн-аукционларды

шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан

Республикасы аймақлық ўәкили                           Р.Есимбетов

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content