АНА ТИЛИМ СЕН БАСҚАДАН АЙЫРМАМ

АНА ТИЛИМ СЕН БАСҚАДАН АЙЫРМАМ

27.11.2020 16:41:23 366 Баспаға шығарыў

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине быйыл отыз бир жыл толды.

1989-жыл 1-декабрь күни қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген еди.

Мине усы күннен баслап елимизде 1-декабрь сәнеси кең түрде байрам сыпатында белгиленип келинбекте.

Усы күнлери ана тилимиздиң  31 жыллығына бағышланған  байрам илажлары  Шымбай районында жоқары руўхта кең түрде өткерилип келинбекте.

Усындай байрам илажларының бири бүгин «Ана тилим сен басқадан айырмам!» атамасында районымыздағы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти.

Байрам кешесинде район ҳәкимлиги, районлық Халық билимлендириў бөлими, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлиминиң тийисли ўәкиллери сөзге шығып, ана тилимиздиң мәмлекетлик тил сыпатындағы әҳмийети,  халқымыздың руўхый дүньясында тутқан орны ҳаққында кең тоқтылып жыйналғанларды байрам менен қутлықлап өтти.

Илаж оқыўшы жаслар атқарыўындағы ана тилимизди мақтаныш ететуғын қосық қатарлары, саҳналық көринислер ҳәмде концерт бағдарламы менен даўам етти.

Пайдалы ресурслар
Skip to content