Бүгинги күнде районымызда жеке клиникалар ашылып бәршеси халық хызметинде.Балалығынан шыпакер болыӯды әрман еткен азамат Аяпов Жеңисбай дәслеп жумсын пайтахтта баслаған менен оны өзиниң районында хызмет етиӯ деген ишиндеги ишки даӯыс тынышландырмады.Жақсы нийетиң жолдасың дегениндей Жеңистиң қәлегениндей районымыз орайынан Бахбергенов – Бегдияр жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып өзиниң шәкиртлери менен биргеликте тис емлеӯде жумысларын даӯам етип атыр.
Ҳәзирги күнде медицина тез пәтте раӯажланып атыр заманға сай хызмет етиӯ ушын өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин асырып бир нешше жылдан берли район турғынларының хызметинде ҳәттеки қоңсылас районлардан Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларынан келип усы шыпакерлерге көринип тислерин көрсетип емлетеди.
Инсан қайсы кәсипти тақламасын шын ықлас ҳәм қызығыӯшылық болса көплеп нәтийжелерге ериседи ҳәм халықтың алғысына мияссар бола алады.Районымызда бундай тараӯ пидайылары көплеп табылады ҳәм оларды таныстырып барыӯды даӯам етемиз.