Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти.
Сессия күн тәртибинде бир мәселе көрип шығылды.
1. Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳаққында.