Усы жылы районда инвестиция жойбарына жәми 63 млрд 713 млн.сўмлық 9 объект киритилген болып, бүгинги күнде барлық объектлер жуўмақлаў алдында турыпты бүгин Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм район прокуроры Р.Халмуратовлар қурылыс объектлериндеги жумыслар барысын үйренди.
Атап айтқанда “Шахтемир” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 41 – санлы мектеп ҳәм 18-санлы балалар бақшасында жәнеде “Тағжап”аўыл пуқаралар жыйынындағы 25 -санлы мектепте болып сын көз қараста үйренилип, анықланған кемшиликлер сапластырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Еледе бундай илажлар сектор баслықлары қатнасыўында даўам етпекте.