Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ шақырық екинши сессиясы район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтти. Сессия күн тәртибинде жергиликли Кеӊести шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
Депутатлар дәслеп Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси баслығын тастыйықлаў мәселесин қарап шығып, сиясий партиялар депутатлық топарлары усынысы менен 19-санлы “Ғәрезсизлик” сайлаў округинен сайланған депутат Тажетдинов Айбек Алтынбековичты Кеӊес баслығы етип мақулланды ҳәм тастыйықланды.
Буннан соӊ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси секретариаты баслығын тайынлаў мәселеси депутатлар тәрепинен қарап шығылып, бул лаўазымға 5-санлы “К.Нурлыбаев” сайлаў округинен депутат Зарикеев Марат Кдырбаевич тайынланды.
Сондай-ақ сессия күн тәртибине муўапық жергиликли Кеңес сессияларына киритилетуғын мәселелерди дәслепки тәризде көрип шығыў ҳәм таярлаў ушын өз ўәкилликлери мүддетинде жәмийетшилик тийкарда жумысларды әмелге асырыўшы турақлы комиссияларын дүзиў, олардың баслықларын ҳәм ағзалар қурамын сайлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды.
3-санлы “Р.Султанова” сайлаў округи депутаты Ганиев Бекбосын Шымбергенович – Жергиликли бюджет, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экономикалық реформалар мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы етип сайланды.
2-санлы “А.Сапарбаева” сайлаў округи депутаты Мадреймов Есназар Даулетназарович – Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қаўипсизлик мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы етип сайланды.
1-санлы “Х.Нызаматдинов” сайлаў округи депутаты Абдижалиев Хамза Турсынбаевич – Социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы етип сайланды.
24-санлы “Қ.Аўезов” сайлаў округи депутаты Толибеков Омирбек Арзибекович – Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы етип сайланды.
25-санлы “Қаңлы жап” сайлаў округи депутаты Палванияазова Тамара Хамидуллаевна – Регламент ҳәм депутатлық әдеп-икрамлық мәселелери бойынша тураклы комиссиясы баслығы етип сайланды.