Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, бул бағдарда тараў хызметкерлери ушын Қарақалпақстанда көплеген имканиятлар жаратылып, халқымыз саламатлығын беккемлеў, медициналық хызмет көрсетиў сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығылмақта.
Өткерилген байрам салтанатында тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип атырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды. Байрам салтанаты көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.