41-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде оқыӯшы жаслардың билимин еле де асырыӯ, интелектуаллық қәбилетин қәлиплестириӯ ҳәм де раӯажландырыӯ мақсетинде, сондай-ақ, Қарақалпақ тилинине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 31 жыл толыӯ мүнәсибети менен 5-6-класс окыӯшылары арасында “Заковат” интелектуал ойын шөлкемлестирилди. Ойын соңында 5-класс оқыӯшыларынан дүзилген “Бердақ” топары жеңимпаз болды. Жеңимпаз топар ағзалары “Хүрмет жарлығы” менен сыйлыкланды.