Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң есабаты

Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң есабаты

07.11.2024 13:13:04 76 Баспаға шығарыў
  1. Экономика тармақларында жоқары өсим көрсеткишлерин тәмийинлеў.

2025-2029 жылларда санаатты раўажландырыў бағдарында.

2025-2029 жылларда санаатта 1756,2 млрд. сўм (107,8%), аўыл хожылығында 2583,3 млрд. сўм (103,4%), хызметлер тараўында 1316,4 млрд. сўм (113,5%) ҳǝм де қурылыс тараўында 331,8 млрд. сўмга (105,2%) жеткериў;

ϴнимлер ҳǝм хызметлер базарын тең салмақлылығын сақлаў арқалы жыллық инфлиация дǝрежесин 9,5 пайыздан 7,9 пайызға кемейтиў.

А). Санаат тармақларын раўажландырыў.

2025-2029 жылларда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 1756,2 млрд. сўмға (107,8 %);

Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў тараўында бǝсекилик орталығын жаратыў ҳǝм ислеп шығарыў көлемин 567,7 млрд. сумнан 1463,8 млрд. сумға;

Тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўда жаңа кǝрханалар есабына 37,9 млрд. сўмдан 97,8 млрд. сўмға;

Қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлемин 32,4 млрд. сўмнан 83,6 млрд. сўмга жеткериў ҳǝм де жаңа түрдеги энергия тежеўши үскенелерди ислеп шықарыўды кеңейтиў;

Химия өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 0,2 млрд. сўмнан 0,4 млрд. сўмға;

Мебел ислеп шығарыў көлемин 17,2 млрд. сўмнан 44,3 млрд. сўмға;

Аймақлық жергиликли бағдарлама шеңберинде жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў көлемин 66,2 млрд. сўмга жеткериўди белгилеп алғанбыз.

 

Б). Хызметлер тараўын раўажландырыў.

2025-2029 жылларда районда хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын раўажландырыў арқалы хызметлер көлемин
1316,4 млрд. сўмға (113,5%);

Арнаўлы хызмет көрсетиў көшелерине айланатуғын орайлық көшелерге ҳǝр жылы жаңадан 5 дана саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестиремиз.

 

В). Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳǝм де раўажландырыў.

2025-2029 жылларда районда 1900 ден аслам жаңадан исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, атап айтқанда, 1500 ден аслам киши бизнес субъектлери, 405 жеке тәртипдеги исбилерменлик субъектлери ҳәм 25 өнерментлер искерлигин жолға қойыў;

Исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын 19 гектар жер майданларын “Е-аукцион” платформасы арқалы саўдаға шығарыў;

Бос турған 13 дана мәмлекетлик объектлерди саўдаға шығарыў;

Коммерциялық банк тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 8127,0 млрд. сўм кредит қаржыларын ажыратыў;

 

Г). Жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дǝраматларын асырыў, кǝмбағаллық ҳәм жумыссызлықты кемейтиў.

2025-2029 жылларда бәнтлик бағдарламасы шеңберинде 30270 халықтың бǝнтлигин тәмийинлеў арқалы жумыссызлық дәрежесин 5,3 процентке кемейтиў. Атап айтқанда, инвестиция бағдарламасы шеңберинде 2178, хызметлер тараўында
8696, аўыл хожалығы тараўында 18370, қурылыс тараўында
1027.

 

 

“Кǝмбағаллықтан пәраўанлыққа қарай” жойбары шеңберинде кǝмбағаллық дәрежесин 9,1 проценттен
5,3 процентке кемейтиў;

Ҳәким жәрдемшилери жәрдеминде жаңа исбилерменлик искерлигин баслап атырған 15165 пуқараға ҳәм де исбилерменлик субъектлерине “Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен” бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредитлер ажыратыў;

Коммерциялық банк ҳәм ҳәким жәрдемшилери жәрдеминде мәҳǝллелерде 3300 киши жойбарларды әмелге асырыў;

Шет елде ислеў тилегинде болған 911 пуқараны кәсип ҳәм шет тиллерге оқытыў;

Шөлкемлестирилген тәртипте 2743 пуқараны шет ел мәмлекетлерде жумысқа жайластырыў;

Шет елдеги 1471 мийнет мигрантлари шаңарақларына материаллық, ҳуқықый, социаллық ҳәм басқа жәрдемлер көрсетиў, дǝраматы төмен ҳәм турақлы жумыс орынларынға ийе болмаған 25303 мийнет мигрантларын қайтарыў;

 

Д). Бюджет, финанс, пул-кредит сиясатын
әмелге асырыў.

Жергиликли бюджетке түсимлер көлемин 1,5 есеге асырып, 96,1 млрд. сўмга жеткериў;

Мал-мүлик ҳәм жер салықлары есабынан мәҳǝллелер бойынша жылына 1,2 млрд. сўм мәҳǝлле бюджетин қәлиплестириў;

Рәсмий болмаған секторда искерлик жүргизип атырған
1276 пуқараларды легалластырыў;

Жасырын экономиканы кемейтиў есабына бюджетке
2,8 млрд. сум қосымша резервлерди анықлаў;

 

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

 

  1. Инвестициялар, экспорт ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар.

А). Аймақлық инвестиция жойбарлары

Улыўма баҳасы 1600,0 млн. долларға тең болған 240 жаңа инвестиция жойбарларды иске түсириў ҳәм 2476 жаңа жумыс орынларын жаратыў;

Б). Инвестиция көлемин асырыў.

Инвестиция ҳәм сыртқы экономика тараўында инвестиция сиясатын әмелге асырыў, экономиканың турақлы өсиўине ерисиў, шет ел инвестицияларының кирип келиўи ушын қолай инвестиция орталығын жаратыў есабына 34 млн. доллар туўрыдан-туўры шет ел инвестиция ҳәм кредитлерди өзлестириў.

В). Экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм экспорт көлемин асырыў.

ϴнимлер ҳәм хызметлер экспорты көлемин 70,0 млн долларға жеткериў. Бунда, экспортшы кәрханалар санын 17 ге, экспорт географиясын 10 мәмлекетке, экспорт етилетуғын жаңа өним түрлерин 12 ге жеткериў.

 

Г). Еркин экономика ҳәм киши санаат зоналары бойынша.

Киши санаат зоналары ҳәм Жаслар санаат зоналарында
47, баҳасы 250 млрд. сумлық жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў, жыллық ислеп шығарыў көлемин 45 млрд. сўмға жеткериў.

 

 

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Ҳүрметли депутатлар!

 

  1. Туризм, спорт, мәденият ҳәм мәдений мийрасларды раўажландырыў.

Районға келетуғын шет ел туристлер санын 3,8 мың адамға жеткериў;

Районға келетуғын ишки туристлар санын 956 мың адамға жеткериў;

Туризм хызметлери экспортын 5,1 млн. долларға жеткериў;

Қосымша 2 мийманхана шөлкемлестириў;

1 мәҳелледе этнотуризм искерлигин шөлкемлестириў;

Мәденият ҳәм көркем-өнер бағдарындағы дөгереклер қамтып алынатуғын жаслардың санын 2 мыңға жеткериў.

 

  1. Халыққа мүнәсип турмыс шараятлар жаратыў, ислеп шығарыў ҳәм инфрастуктураны раўажландырыў.

 

Районда 8 дана 270 квартиралы көп қабатлы турақ-жайлар қурыў;

Ренновация бағдарламалары тийкарында тозыўы жеткен турақ-жайлар орнында 2 дана 60 квартиралы «бойына өсириў» принципи тийкарында көп қабатлы турақ-жайлар қурыў;

Шымбай районында заманагөй исбилерменлик орайы ҳәм турақ жайлар комплексин қурыў. (ПҚ-233) (атап айтқанда, 8 дана көп қабатлы турақ-жайлар, 4 исбилерменлик ҳәм бизнес орайлары, 3 социаллық тараў объектлери, 1 мәденият ҳәм көркем өнер орайы, 1 көнгилашар орайы, 1 мийманхана, 1 дем алыў бағы).

Шымбай районындағы авариялық жағдайдағы 30 дана көпирлерди қайта тиклеў;

150 км. (21 км реконструкция, 129 км. оңлаў);

450,2 км. узынлықтағы ишки жолларды асфалт жолларға айландырыў;

9 дана суў имаратын қурыў, 468 км. ишимлик суў тармағын тартыў ҳәм оңлаў талап етип турған 13 дана суў имаратларын оңлаў арқалы орайласқан ишимлик суўы тәмийнаты дәрежесин 94 процентке жеткериў;

“Кеңес” ҳәм “Тазғара” АПЖ аймақларына ишимлик суў ҳәм де район орайына ақаба суў системаларын реконструкция қылыў (ПҚ-459).

Ишимлик суў тәмийнаты аўыр болған 8 мәҳǝллениң ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў;

Ишимлик суўы тармақларын 9300 шаңараққа жеткериў;

1277 тутыныўшыларға ишимлик суў ушын есаплағышлар орнатыў;

1 мың 500 дана жарамсыз таяныш бағаналарын жаңасына алмастырыў;

 

70 км. узынлықтағы электр ҳаўа тармақларын СИП кабелларге алмастырыў ҳәм қосымша 15 ТП орнатыў;

1 мың 500 физикалық ҳәм 500 юридикалық шахсларға заманагөй электрон есаплағыш орнатыў;

1,6 км узынлықтағы газ тармақларын модернизациялаў ҳәм
8 дана ГРПны жаңалаў;

Үзликсиз суйылтырылған газ баллон менен тәмийинлеў мақсетинде халыққа 30 мың дана газ баллонлар ажыратыў.

 

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Ҳүрметли депутатлар!

 

  1. Социал тараўды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў.

Районда 26 жаңадан мәмлекетлик емес, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў;

Мектепге шекем жастағы балаларды бақшаға қамтып алыў дәрежесин 100 процентке жеткериў;

Мектеп питкериўшилерин мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлерин
57 проценттен 85 процентке жеткериў;

Халық аралық финанс корпорациясы жәрдеминде
990 орынлы 3 улыўма билим бериў мектеп қурыў (ПҚ-308);

Кǝсиплик билимлендириў мәкемелеринде илимий тәжирийбе категориясына ийе болған педагог кадрларды 50 процентке жеткериў;

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң район факултетлериниң 500 орынлы жаңа оқыў имаратын қурыў;

Мәмлекетлик шериклик тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан
200 орынлы қосымша студентлер ушын жатақхана имаратын қурыў;

Медицина бирлеспеси 5 кабатлы имаратының 1-2-3 қабатларын оңлаў жумысларын алып барыў;

Медицина бирлеспесине қараслы 56-санлы шаңарақлық поликлиникасы (Қостерек филиалы) имаратын “Қостерек” АПЖ орайынан жаңадан қурыў;

Туўыў комплекси негизинде халық-аралық стандартларға сәйкес келетуғын 100 орынлы районлар аралық перинатал орайы имаратын жаңадан қурыў;

Медицина бирлеспесине қараслы 5 шаңарақлық поликлиника, 5 шыпакерлик пунктлерин жаңадан медициналық аспаб үскенелер менен тǝмийинлеў;

Көп тармақлы орайлық поликлиника имаратын халықаралық стандартларға муўапық жаңадан қурыў;

 

В). Социаллық хызметлерди раўажландырыў.

Райондағы 5381 кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳǝм материаллық жәрдем төлеў;

Пуқараларды диспасеризация жумысларын күшейтиў, кеселликтиң алдын алыў нәтийжесинде майыплығы болған шахслар санын 1125 ге кемейтиў;

Имканияты шекленген пуқараларды толық реабилитация қылыў дәрежесин 5 процентке, толық емес реабилитация қылыў дәрежесин 7 процентке жеткериў;

Имканияты шекленген 2000 адамды реабилитация техникалық қураллары ҳәм протез ортопедия үскенелери менен тǝмийинлеў.

 

  1. Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларын раўажландырыў.

Аўыл хожалығы өнимлери көлемин табыслар ҳәр жылы
3,4 процентке тәмийинлеў;

Райондағы 96,3 км. магистрал ҳәм хожалықлар аралық каналларды бетонлаў. (ПП-158);

Райондағы 1 дана суў хожалығы объектинде автоматластырылған басқарыў системасын енгизиў (ПП-158);

Аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды тежеўши технологияларды 4350 гектарға жеткериў (ПП-158);

Тамшылап суўғарыў технологиялары енгизилетуғын жер майданларын 900 гектарға жеткериў (ПП-158).

Экономикалық нәтийжесиз, ески бағ ҳәм жүзимзарлар орнында жаңа интенсив 50 гектар бағ ҳәм 30 гектар жүзимзарлар қурыў. (ПП-151);

ϴнимдарлық көрсеткишлерин пахта бойынша орташа
30-35 центнерге, ғǝллени 80-85 центнерге жеткериў;

Жумыссыз ҳәм кǝмбағал шаңарақларды жумыс менен тәмийинлеў мақсетинде 300 гектар жер майданларын ажыратыў. (ПҚ-330);

Шарўа малларының бас санын 91810 басқа жеткериў;

Қой ҳәм ешкилер бас санын 75370 басқа жеткериў;

Қусшылықты 368971 басқа жеткериў;

Гөш ислеп шығарыў көлемин 8287 тоннаға жеткериў;

Сүт ислеп шығарыў көлемин 2029-жыл жуўмағына шекем 19500 тоннаға жеткериў;

Мәйек ислеп шығарыў көлемин 24500 данаға жеткериў;

Жипек қурты күтими ҳәм наўқан қуртын жетистириўди
13 тоннаға (232 қуты) жеткериў;

60,0 км. мелиоратив объектлерди оңлаў жумысларын әмелге асырыў;

61,5 км мелиоратив объектлерин қурыў жумысларын әмелге асырыў;

Суўғарылатуғын, шорланған жер майданларын 6,2 мың гектарға кемейтиў;

7 мәҳǝлледе тамарқа жерлеринде 22 лик артезиан қудықларын қазыў арқалы өним жетистириўди көбейтиў;

тозыўы жеткен 4 насос станциясындағы агрегатларын энергия тежеўге алмастырыў.

тозыўы жеткен 4 насос станциясындағы электро двигателлерин энергия тежеўшиге алмастырыў;

1 насос станциясын мәмлекетлик шериклик тийкарында пайдаланыўға бериў;

 

“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы кеминде 14 миллион дана декоратив ҳәм мийўели тереклер егиў (ПҚ-300).

 

  1. Санлы технологиялар ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў.

ИТ парк резидентлери санын 10 ға, резидентлер хызметкерлери санын 400 ге жеткериў;

ИТ тараўында көрсетилген хызметлер көлемин 30 млрд. сўмга жеткериў;

ИТ тараўында көрсетилген экспорт хызметлерин көлемин
5 млн. долларға жеткериў.

 

  1. Жәмийетлик тǝртипти сақлаў ҳәм қǝўипсизликти тәмийинлеў.

Районда жол транспорты ҳәдийселери көп жүз берип атырған
4Р-176 Нөкис-Шымбай жолларында авария ҳәм қәўипли жолларда  70 тезликти белгилеўши үскенелер (радар) орнатыў ҳәм де ҳәм оны республика мониторинг орайларына интеграция қылыў.

Жол-транспорт ҳәдийселерин кеминде 10 процентке кемейтиўге ерисиў;

Республика аймағында қызыл категорияға киритилген мәҳǝллелерди “сары” ҳәм “жасыл” категорияға киргизиў ушын олардың санын 20 процентке кемейтиў;

Республика  бойынша алды алынатуғын жынаятлар санын
20 процентке кемейтиў;

 

  1. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў

 

Районда 5384 ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм олардың бǝнтлигин тәмийинлеў;

Шаңараққа тийисли қәдириятларды сақлаў, шаңарақларда руўхый этикалық орталықты жақсылаў илажларын әмелге асырыў нәтийжесинде тартыслы, тынышсыз ҳәм ажырасыў жағасында турған шаңарақлар санын 10-15 процентке кемейтиў;

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде тәлим алатуғын
34 ҳаял-қызлардың шǝртнама пулларын төлеп бериў.

 

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Ҳүрметли депутатлар!

 

Жуўмақлап айтқанда, бул илажларды буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўда Сиз депутатлар менен биргеликте алып барылатуғын жуўапкерли ўазыйпалар турыпты.

Халқымыздың турмыс дәрежесин және де көтериў, районымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзимиздиң үлесимизди қосып, Журтбасшымыздың исенимин ақлап,  жүклетилген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды инабатлы орынлаўда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм табыслар тилеймен.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content