Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы басланды
Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, министрлик, мәкеме басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта.
Атап өтилгениндей, 30-октябрь күни жәрияланған Жоқарғы Кеңесине сайлаў нәтийжелерине бола, депутатлар қурамы 63 процентке жаңаланды.
Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясында сайланған Ақсақаллар кеңесиниң мәжилиси өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына 57-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат Орынбаев Аманбай Тлеубаевичтиң кандидатурасы усынылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда жасырын даўыс бериў жолы менен 57-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат Орынбаев Аманбай Тлеубаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Ф.Эрмановтың кандидатурасы усынылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда Ф.Эрманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы етип тайынланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.