Усы жылдың 31-октябрь күни Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналған «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ўәкиллери, сырт еллерден, сондай-ақ, республикамыздағы алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларының илимпазлары, профессорлар, белгили дөретиўшилер, көп жыллар даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда ислеген нураный устазлар, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын педагогикалық институттың шөлкемлестирилгенине 90 жыл толыўы менен қутлықлады ҳәм институтта көп жыллардан берли жемисли мийнет етип, илим, билимлендириў ҳәм жаслар тәрбиясында өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарып киятырған бир топар педагог хызметкерлерге ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилерин тапсырды.
Буннан соң институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлери, сондай-ақ, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қатнасыўшылардың дыққатына усынылды.