Районымызда аўыл хожалығы мәселелерине арналған семинар болып өтти

Районымызда аўыл хожалығы мәселелерине арналған семинар болып өтти

31.10.2024 16:29:00 95 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте.

Шымбай районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди.

Семинарға, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими А.Тажетдинов, тараўға байланыслы қәнигелер менен фермерлер қатнасты.

Семинарда 2025-жыл өними ушын аўыл хожалығы өнимлери егилетуғын егислик майданларды шүдигарлаў, лазерли тегислеў, шор жуўыў, ғәлле тәрбиясы, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларды буннан былай да жеделлестириў сыяқлы мәселелер орын алды.

Семинарда, бүгинги күнде аграр тараўдың раўажланыўында жаңа имканиятлар жаратылып атырғаны ҳәм бул имканиятлар менен шараятлардан тараў ўәкиллери нәтийжели пайдаланыўы зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Пайдалы ресурслар