Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 21-ноябрдеги ПҚ-4024-сан қарарына муўапық юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң почта байланысы, телекоммуникациялар ҳәмде электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў мәселелери бойынша мүрәжетлерин нызам ҳүжжетлери тийкарында көрип шығыў, Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясының (“Ўзкомназорат” инспекциясы) тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленген.
“Халық мәмлекетлик органға емес, ал мәмлекетлик орган халыққа хызмет көрсетиўи керек” деген баслама тийкарында “Ўзкомназорат” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепиненде бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2024 – жылдыӊ өткен тоғыз айы даўамында Республикамыз аймақларында өткерилген көшпели қабыллаўлар даўамында тутыныўшылар тәрепинен келип түскен 45 мүрәжаттан 41 мүрәжат унамлы шешилип, қалған 4 мүрәжат ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилди.
Сондай ақ “Ўзкомназорат” инспекциясы тәрепинен тараўдағы кемшиликлердиң алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген “1144” қысқа номерли “Исеним телефоны” арқалы жергиликли телефон байланыс хызмети бойынша 18 мүрәжат, интернет хызмети бойынша 260 мүрәжат, мобил байланыс хызмети бойынша 113 мүрәжат, почта байланыс хызмети бойынша 3 мүрәжет, телерадиоеситтириў хызметлери бойынша 3 мүрәжат ҳәмде баска маселер бойынша 3 мүрәжат жәми 400 дана мүрәжатлар келип түскен. Келип түскен мүрәжатлардан 367 мүрәжат тутыныўшылардың пайдасына унамлы шешилип қалған 31 мүрәжат ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилген ҳәмде 2 мүрәжат тийисли ўәкиллик органларына жиберилген.
Ҳүрметли тутыныўшылар! Сизде байланыс тараўында көрсетилип атырған хызметлер бойынша машқалалар пайда болса ямаса усы тараўдағы өзлериӊизди қызықтырған мәселелер бойынша “1144” қысқа номерли исеним телефоны арқалы ямаса аймақлық бөлимниң өзине тиккелей мүрәжат етиў мүмкиншлигине ийе екениңизди мәлим етип билдиремиз.
“Ўзкомназорат” инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлими бас қәнийгеси
Алламбергенов Маўлен Қудайбергенович