Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында Шымбай районында кәмбағаллықтан исбилерменликке қарай принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестириӯ аӯыр шараяттағы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.
Ашық сәӯбет даӯамында Шымбай районы салық инспекциясы баслығы А.Сеитов баянат жасады.Оннан соң Шымбай районы Кәмбағаллықты қысқартырыӯ ҳәм бәнтликке көмеклесиӯ бөлими баслығы А.Дәулетмуратов районда Мәҳәллелерде пуқараларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша бүгинги күнде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Атап айтқанда “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй (хонаданбай) жүрип сораўнама өткериў нәтийжесинде жәми 22 мәҳәлледеги 20 414 хожалық 100% хатлаўдан өткерилип, 3 тайыпаға ажыратып алынды.
1–Тайыпа – 4 190 та шаңарақ (Шаңарақ дәраматы кем, жумыссыз ағзалары болған, өз жумысын баслаўға қызығыўшылығы жоқары, дәрамат табыўға, кәсип үйрениўге хәрекет қылатуғын шаңарақлар);
2–Тайыпа–14 157 та шаңарақ (Турақлы дәраматқа ийе, қосымша дәрамат табыўга нийети бар шаңарақлар).
3–Тайыпа–2067 та шаңарақ (Майыплылығы хәм кеселлиги бар, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар);
2024-жыл басына район аймағында 4190 кем тамийнленген шаңараклар, оларда жасаўшы 19265 та пуқара болып, соннан 9-ай даўамында әмелге асырылған жумыслардан.
1810 шаңарақ исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын 20,4 млрд.сўм кредит ҳәмде 152 пуқараны исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап үскенелерин алып бериў ушын 1,4 млрд.сўм субсидия ажыратылды. Бос жумыс орынларына жайластырыу есабынан 198 турақлы ᶍәм 216 пуқара ўақтыншалық маўсимли жумыс орынларына жумысқа орналасты.
Бос турған жер майданларын ажыратыў арқалы 470 та пуқараға 342 гектар жер майданлары ажыратылды.
Мийнетке жарамлы жумыссыз ямаса рәсмий бәнт болмаған халық арасында үгит-нәсият иләжларын алып барыў нәтийжесинде
4514 та пуқараларды ѳзин-ѳзи бәнт етиў арқалы бәнтлиги тәмийнленди.
Кем дараматлы шаңарақларда жумыссыз болған жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретиў арқалы 323 та пуқара кәсип-ɵнер ҳәм исбилерменликке қайта оқытылды.
Январ-сентябрь айларында 69 юридик ᶍәм 205 жеке тартиптеги жаңа исбилерменлик субъектлери шѳлкемлестирилип солардан махаллерде 2 лидер исбилерменлерге кооперация тийкарында 42 кем тамийнленген шаңарақ ағза болып тигиўшилик ҳәм ѳнерментшилик бағдарында жумыс пенен бәнтлиги тамийнленди.
Натийжеде 9-ай жуўмағы менен камбағаллық дарежеси 16,6 пайыздан 9,3 пайызға тусирилиўге ерисилди.Ашық сәӯбет барысында район ҳәкими А.Тажетдинов тараӯ баслықларына районында кәмбағаллықтан исбилерменликке қарай принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестириӯ аӯыр шараяттағы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыӯ бойынша ҳәр бир басшшы жуӯапкер екенлигин ҳәм турақлы түрде жумысларды күшейтип барыӯ бойынша тапсырмалар берди. Ашық сәӯбет сораӯ-жуӯаплар менен мазмунлы өтти.