Қурылысы жуӯмақланған телекоммуникация объектлери пайдаланыӯға қабылланбақта

Қурылысы жуӯмақланған телекоммуникация объектлери пайдаланыӯға қабылланбақта

24.10.2024 11:31:19 62 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 5-октябрдеги «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәмде оны нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6079-сан Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрдеги «Өзбекстан Республикасы телекоммуникация инфраструктурасын жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 699-сан қарары қабыл етилген. Усы Қарар менен аймақларда шийше талшықлы байланыс линияларын, сондай ақ кеӊ полосалы жалғаныў тармағын раўажландырыў, мобиль байланыс ҳәмде тағы басқа заманагөй технологиялардан кеӊ пайдаланыў арқалы телекоммуникация инфраструктурасын жәнеде раўажландырыў тийкарғы бағдарлары етип белгиленген.

Соған тийкар, “Өзбектелеком” АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепиннен Шымбай районы аймағында 2024 жылдың өткен ярым жыл дәўиринде жәми 63 объектлерге 57 км. узынлықтағы шийше талшықлы байланыс кабеллери тартылған. Район халқына жоқары тезликтеги телекоммуникация хызметлерин көрсетиў мақсетинде районның “Қостерек”, “Қамысарық” АПЖ ҳәм “Конши”, “Гулистан” МПЖ аймақларына жәми сыйымлылығы 3584 портқа ийе “GPON” технологиясы тийкарында ислеўши телекоммуникация қурылмалары тазадан қурып питкерилген ҳәмде усы объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018 жыл 21 ноябрдеги
ПҚ-4024-сан Қарары менен белгилеп берилген ўазыйпалар шеңберинде Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы (“Ўзкомназорат” Инспекциясы) Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен “Өзбектелеком” АК Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ Шымбай районында тазадан қурып питкерилген ҳәмде қабыллаў комиссиясына тапсырылған телекоммуникация объектлеринде қурылыс жумыслары белгиленген талапларға муўапық алып барылғанлығы бойынша үйрениў жумыслары өткерилди ҳәмде тийисли көрсетпелер берилди.

Еслетпе! Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында көрсетилип атырған хызметлер сапасы бузылған жағдайда  “Ўзкомназорат” Инспекциясыныӊ 1144 қысқа нөмерине мүрәжат етиўиңиз мүмкинлигин билдиремиз.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content