Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Халық билимлендириў бөлиминиң гезексиз Педагогикалық Кеңес мәжиси болып өтти.
Мәжилиске Халық билимлендириў бөлими баслығы Э.Мамбеткаримова, Район ҳәкимииниң орынбасары У.Қалилаев
ҳәм педагогикалық Кеңес ағзалары ҳәм бөлимге қараслы билимлендириў мәкемелери директорлары қатнасты.
Мәжилисти Халық билимлендириў баслығы Э.Мамбеткаримова ашып берди ҳәм басқарып барды. Мәжилис күн тәртибинде тийкарғы мәселелер бойынша Халық билимлендириў баслығы Э.Мамбеткаримова, атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 -жыл 6-ноябрьдеги “Өзбекстанның жаңа раўажланыў дəўиринде тəлим-тəрбия ҳəм илим-пəн тараўларын раўажланыў ис-илажлары ҳаққында» ғы Пəрманы ҳәм «Тəлим-тəрбия системасын жəнеде жетилистириўге байланыслы қосымша
ис-илажлар ҳаққында»ғы Карары соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жы 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарларының мәнис мазмуны ҳәм алдағы орынланыўы тийис болған ўазыйпалар бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.
Буннан кейинги күн тәртибиндеги мәселе ХББне қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери 2019-2020 оқыў жылы питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириўи ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша болып, онда жақсы нәтийже көрсеткен мектеплер, соның менен бирге төмен нәтийже көрсеткен мектеплер шеңберинде кең түрде талқылаў исленди. Буннан кейин мәжилисте ағымдағы мәселелер бойныша Халық билимлендириў баслығы орынбасары Қ.Ҳамидуллаев, Районлық «Пән олимпиада»сы жуўмақлары, Педагог кадрлардың қәнигелик категориялары бойынша аттестациясының жуўмақлары ҳәм «Устаз-2020» көрик таңлаўының 1-басқышына педагоглардың дизимнен өтиў жуўмақлары бойынша Халық билимлендириӯ бөлиминиң методисти Д.Төреевлер жыйналғанларға баянат жасады.
Жыйналыс соңында мәжилис қатнасыўшыларының пикир ҳәм усыныслары тыңланып Педагогикалық Кеңес қарары қабыл етилди.