21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

21.10.2024 09:47:07 112 Баспаға шығарыў

Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Бәршеңизге мәлим, инсан ушын киндик қаны тамған Ўатаны, дүняға келтирип, камалға келтирген ата-анасы қаншелли әзиз ҳәм ҳүрметли болса, оның өзлигин ҳәм руўхый дүнясын белгилейтуғын ана тили де соншелли қәдирли есапланады.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде өзбек тилин раўажландырыў бағдарында жаңа басқыш басланды, десек, алжаспаған боламыз.

Атап айтқанда, 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни етип белгилениўи умытылмас, тарийхый ўақыяға айланды. Мәмлекетлик тилдиң абырайы ҳәм статусын арттырыўға қаратылған пәрман, қарарлар ҳәм бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Көп миллетли халқымызды елимиз келешеги ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын деген ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, ўатанласларымыздың қәлбине бирден-бир Ўатан, улыўма абадан келешек сезимин сиңдириўде тил бирлестириўши әҳмиетке ийе.

Қәдирли Ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content