Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Онда сырт елдеги ўатанласларымыз ҳәм қоңсылас ўәлаятлардан келген мийманлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп, комплексте қурылған амфитеатрда Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының симфониялық оркестри тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңадан қурып питкерилген этно-туристлик комплекстиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда туризмди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратырып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Қаратерең көли әтирапы ҳәм жақын аўыллар көп жыллардан берли қараўсыз қалып, социаллық объектлер, турақ жайлар, инфраструктура объектлери жарамсыз аўҳалға келип қалған, жумыссызлық адамларды қыйнап атырған ең үлкен машқалалардан бирине айланған еди. Бүгинги күнге келип, әтираптағы аўыллар абат етилип, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Жаңадан бой тиклеген туристлик мәнзил 30 млрд. сумлық қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилди ҳәмде халқымыздың ҳәмде мийманларымыздың мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Ашылыў мәресиминде елимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар ўатанласларымыз сыйлықланды.