Ҳәр бир шаңарақта саламат перзентлер күлкиси жаңласын

Ҳәр бир шаңарақта саламат перзентлер күлкиси жаңласын

10.10.2024 16:05:37 176 Баспаға шығарыў

Шымбай районында  жасаӯшы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы туӯма жүрек нуқсанлы кеселлиги болған балаларды анықлаӯда ҳәмде оларға жәрдем берип, саламат өмирге қайтарыӯда заманагөй медициналық технологияларда операция ислетиӯде зәрүрликлер болғанлығы себепли тикиллей район ҳәкими А.Тажетдинов басламасы менен бүгин Шымбай медицина бирлеспесинде медициналық көрик шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан медицина институты клиникасында Шымбай  районында туӯма нуқсаны менен туӯылған балаларға кең түрдеги диагностика, жоқары медициналық технологияларда операция етиӯ арқалы жәрдем көрсетиӯ мақсетинде бүгин районымызға Ташкент қаласынан тәжирийбели шыпакерлер келип он үш баланың туӯма жӯрек нуқсанлы кеселлиги, ишки органлар туӯма нуқсаны кеселликлер, қулақ туӯма нуқсанлы, ортопедиялық (буӯын) кеселликлери бойынша медициналық көриктен өткерип, нәтийжеде шыпакерлер тәрепинен алты баланы операция етиӯге таяр екенлигин мәлим етип билдирди.

 

Пайдалы ресурслар