«Ozoda» өними Бердақ мәҳәллесинде ислеп шығарылмақта
Ертеңги күнимиз бүгинги ҳәрекетлеримиз нәтийжеси менен баҳаланады. Сондай-ақ алға умтылған ҳәр бир инсанның ҳәрекетинен биз соны аңлаймыз, олар жаңадан- жаңа ой пикирлерге уйғынласқан жаңалық жарата алады. Жаратыўшылықтың тәрептары болып жаңа идеялары менен ҳәммени тән қалдыратуғын заманласларымыз ҳақыйқатында да бүгин көпшиликти қурайды.
Усындай заманласымыздың бири “Бердақ” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Дәрябай Нурымбетов. Ол күнделикли турмысымыз ушын зәрүр болған кир жуўыў порошоги, сабын сондай-ақ ыдыс-табақ жуўатуғын суйылтырылған гель яғный ҳаял-қызларымыз тилиндеги «капля» өнимлерин ислеп шығармақта. Киши исбилерменлик субъектиниң тийкаршысы Дәрябайдың режелери үлкен, бул цехын еледе үлкейтип шампунь ҳәм басқада өнимлерди ислеп шығарып халыққа хызмет көрсетиў нийетинде, биз заманласымыздың жумысларына раўаж тилеймиз.