Қантлы диабет – бүгинги жәмийеттеги ең кең тарқалған созылмалы кеселликлердиң бири. Қантлы диабет ағзадағы инсулин гармонының жетерли емеслиги яки оның дурыс жумыс ислемеўинен келип шығады. Бул қан қурамындағы қант мөлшериниң турақлы түрде көбейиўине алып келеди.
Қантлы диабеттиң түрлери:
1-типдеги қантлы диабет – иммун системасы инсулин ислеп шығарыўшы клеткаларға хүжим етип, оларды жоқ етеди. Нәтижеде организмде инсулин ислеп шығарылмайды яки жүдә аз муғдарда ислеп шығарылады. Бул түри көбинесе өспиримлер ҳәм жасларда ушырайды.
2-типдеги қантлы диабет – ең кең тарқалған түри. Организм инсулинди дурыс қоллана алмайды яки оның жетерли муғдарын шығармайды. Бул көбинесе турмыс тәризи хәм генетикалық факторлар менен байланыслы болып, көбинесе кексе жастағы инсанларда ушырасады.
Гестациялық диабет – хәмиледарлық дәўиринде пайда болады. Бул жағдай ана ҳәм баланың денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин. Бирақ босанғаннан кейин көбинесе жоғалады.
Қантлы диабет ерте басқышларында белгилери қатты көзге тасланбағанлықтан, оны “үнсиз кеселлик” деп те атайды. Бирақ сизде төмендеги белгилер болса шыпакер тексерилиўинен өтиўиңиз керек:
Ҳәдден тысқары шөллеў ҳәм тез-тез киши дәретке отырыў: қандағы қант муғдарының көбейиўи нәтийжесинде бүйрек артықша қантты киши дәрет арқалы шығарып жибериўге ҳәрекет етеди. Бул болса көп суў жоғалтыўға алып келеди.
Тез шаршаў ҳәм ҳәлсизлик: Организмдеги қанттың дурыс пайдаланылмаўынан энергия жетиспеўшилиги пайда болады.
Көз көриўиниң пәсейиўи: Қандағы қант муғдарының турақсызлығы көриў қәбилетине тәсир етеди.
Жаралардың әсте дүзелиўи хәм тери машқалалары: Диабет иммунитетти ҳәлсизлендирип, қан айланыўын төменлетеди. Бул жарақатлардың узақ ўақытта питиўине ҳәм териниң бузылыўына алып келеди.
Егер кеселлик өз ўақтында емленбесе төмендеги унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин:
Жүрек кеселликлери: Диабет жүрек-қан тамыр системасына тәсир өткерип, инфаркт ямаса инсульт қәўипин күшейтеди.
Нефропатия ( бүйрек кеселлиги ) – қантлы диабет бүйректиң жумысын бузып, ҳәттеки бүйрек жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин.
Неуропатия ( нерв кеселлиги) – қантлы диабет перифериялық нерв система зақымлап, аяқ-қолдағы сезиўшеңликтиң жоғалыўына, кеселлениўине яки ҳәлсизлениўине алып келиўи мүмкин.
Қалай алдын алыўға болады?
- Дурыс аўқатланыў: палыз егинлери, дәнли өнимлер ҳәм пайдалы майларды көбейтип, қумшекер ҳәм қайта исленген аўқатларды шеклеў әҳмийетли есапланады.
- Денени шынықтырыў: Кем дегенде 30 минутлық шынығыў ҳәр күнги турақлы шынығыў- қантлы диабеттен қорғаныўдың ең пайдалы жолларынан бири.
- Дене салмағын бақлаў: артықша салмақ қантлы диабет қәўипин күшейтеди, сонлықтан салмақты бақлаўда услаў, кеселликтиң алдын алыў ушын әҳмийетли есапланады.
Қантлы диабет қәўипли ҳәм аўыр асқыныўларға әкелиўи мүмкин, бирақ дурыс күтим ҳәм турмыс тәризин өзгертиў арқалы оны басқарыўға ҳәм алдын алыўға болады. Егер сизде жоқарыда аталған белгилер көзге тасланса, әлбетте шыпакерге мүрәжат етиң. Себеби ҳәр бир инсанның саламатлығы өз қолыңызда екенлигин умытпаң!