Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша Шымбай районындағы көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты. Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Көше бийлери мәмлекетимизде алып барылып атырған ийгиликли әмеллер ҳаққында пикирлерин билдирип, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктуралық машқалаларды шешиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында еледе ислениўи тийис бир қатар әҳмийетли мәселелерди көтерди. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта, әлбетте, шешим табылатуғынлығын ҳәм өзи жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди.