Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық

Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық

25.09.2024 15:57:08 37 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында бүгинги күнде мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме жақсылаў бағдарында сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бойынша да бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Солар қатары районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен де  унамлы жумыслар исленбекте.

-Бизиң кәрханамыз тәрепинен «Көкши қала», «Көнши», «Темир жол гүзары», «Қаракөл», «Оржап», «Дослық», «Кеңес», «Қызылөзек» аймақларында жәми 14.2 км электр тармақларына ири оңлаў жумысларын алып барыў ҳәм жаңадан 6 дана трансформатор пунктлерин орнатыў режелестирилген. Соннан бүгинги күнде «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының «50 жыллық»  көшеси аймағына проект смета тийкарында 4.1км электр тармақларына ири оңлаў жумыслары алып барылып заманагөй СИП маркалы кабел тармақлары тартылмақта. Бул алып барылған жумыслар усы аймақтағы халықтың сыпатлы электр энергияси менен тамийинлениўи ҳәм авариялық жағдайларды болдырмаў ушын хызмет етеди. Буннан басқа да мәкемемиз тәрепинен гүз- қыс мәўсимине таярлық жумысларын алып барыў ушын 278.2 км узынлықта 0.4-10 кВ электр тармақларына, 90 дана трансформатор пунктлерине киши оңлаў жумыслары 140.6 км узынлықта 0.4-10кВ электр тармақлары ҳәм 53 дана трансформатор пунктлерине ири оңлаў жумыслары алып барылды. Бул алып барылған жумыслар электр үскенелериниң гүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўин тәмийинлейди,-дейди районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы бас инжинери Ерполат Юсупов.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content