Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Шымбай районлык Кеӊеси тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылмақта.Атап айтқанда ноябрь айы «Саламатлық айы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен райондағы 22-санлы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде саламат турмыс тәрзин қәлиплестириу мақсетинде спорттыӊ шахмат түри бойынша дөгерек шөлкемлестирилди.Сондай-ақ партия хызметкерлери тәрепинен бақша тәрбияланыӯшыларына саӯғалар тапсырылды.