Сессияға Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары жуўаплы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
1. Шымбай районы бюджетиниң 2024-жыл
II шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги ҳәм оның жумсалыўы ҳаққында.
2. 2024-жыл 2-мәўсиминде «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырылған ҳәм жеңимпаз деп табылған усынысларға «Пуқаралар басламасы қоры» есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында
Күн тәртибинде кɵрип шығылған мәселе бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.