Шымбай районында төрт сектор баслықларының  қатнасыўында  қабыллаӯ болып өтти

Шымбай районында төрт сектор баслықларының  қатнасыўында  қабыллаӯ болып өтти

16.09.2024 09:38:07 37 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм басқада сектор баслықлары қатнасыӯында аймақларда қабыллаӯлар шөлкемлестирилди.Атап айтқанда «Бахытлы» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында ҳәмде «Көнши»  мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди. Көпшилик мүражатлар район ҳәкими тәрепинен сол ӯақыттың өзинде унамлы шешим тапты.

Әлбетте, пуқаралар машқалаларын шешиў жолындағы бундай қабыллаўлар елимизде инсан қәдири ушын принципинде алып барылып атырған реформалардың және бир көриниси болары сөзсиз.

Пайдалы ресурслар
Skip to content