Мәмлектлик медицина қамсызландырыў механизмлерин елимизде енгизиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 5 сентябрдеги «Мәмлектлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша ис-илажлар ҳаққындағы» ПҚ-311-санлы Қарары қабыл етилди.
Бунда Мәмлектлик медицина қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дармақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.
Сондай-ақ, мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлеми (кепилленген пакет) тастыйықланып, усы пакетге киритилген медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар Мәмлектлик медицина қамсызландырыў қоры қаржысы есабынан әмелге асырылады.
Кепилленген пакетге киритилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын:
– белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық көриклерден өтиў,
-шаңарақ шыпакери ямаса медицина бригадасына мүрәжат қылыў талап етиледи.
Шаңарақ шыпакери тийисли тәртипте көриктен өткергеннен соң, зәрур болса емлеўханаға электрон жоллама береди, усы жоллама тийкарында тар қәнийгели шыпакерлер көригинен өткереди ҳәм емлеўханаға жатқарылады.
Усы тәртип сақланбаған жағдайларда медициналық хызмет пуллы көрсетиледи.
Соның менен бирге, бирлемши медицина-санитариялық жәрдем көрсетиўши мекемелери ҳәм оған бириктирилген Өзбекистан Республикасы пуқаралары, Өзбекистан Республикасының салық резиденти деп табылған шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар арасында келисим шартнама дүзиледи.
Бунда,
– пуқараларға – саламат турмыс тәрзине әмел етиў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, өзиниң медициналық билимин асырыў, шыпакер көрсетпелерине әмел етиў, профилактика ҳәм скрининг көриклерден ўақтында өтиў;
– шаңарақ шыпакерине – пуқараларды белгиленген тәрипте қабыл қылыў ҳәм мәсаҳатлар бериў (жоллама), медициналық хызметлерди өз ўақтында, сыпатлы ҳәм толық көлемде көрсетиў, дәри-дармақларды туўры буйырыў сыяқлы жуўапкерлери ўазыйпалар жуклетиледи.
Шыпакер тәрепинен тайынланған электрон рецепт тийкарында дәрилер кепилленген пакет шеңберинде наўқасларға дәриханалар тәрепинен бийпул бериледи ҳәм олардың қәрежетлери қамсызландырыў қоры есабынан қаплап бериледи. (реимбурсация).
Халықға көрсетилетуғын кепилленген пакетге киритилген медициналық хызметлер Фонд тәрепинен сатып алынады яғный медициналық мекеме ҳәм Фонд арасында дузилген шартнама тийкарында қаржыландырылып барылады.
Амбулатор медициналық хызмет көрсетиўши бирлемши медицина-санитария мекемелери халық жан басына көре шәртнамада көрсетилген жумыс көлемине муўапық,
Емлеўханаларды қаржыландырыў оларға ажратылған қаржының 15 пайызнан кем болмаған бөлеги ҳәр бир емленген жағадайдан келип шығып төлеп бериледи.
Жеңилликге ийе болған шахслар шыпакер көрсетпеси тийкарында электрон хабар системасын арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында Мәмлекет бюджети қаржысы есабынан бийпул емленеди.
2025 жыл 1 июльдан баслап район (қала) ҳәм аймақлық медицина мекемелеринде режели стационар медициналық хызметти электрон нәўбет тийкарында бийпул алыў ҳуқықына ийе болады:
– физикалық шахслардан алынатығын дәрамад салығы ҳәм социаллық салық төлеўшилер;
– салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплаў ушын белгиленген муғдарда салық төлеген шахслар;
– жас өспиримлер, оқыў орны оқыўшы-студентлер, ҳәмледар ҳаяллар ҳәм еки жасқа толмаған баласына күтим қылып атырғанлар, мийнет органларында жумыссыз сыпатында дизимнен өткенлер, мәмлекетлик пенсия алыўшылар ҳәм де «Ижтимоий химоя ягона реестри» де кем тәмийинленген деп белгиленгенлар семъя ағзалары.
2027 жыл 1 январьдан баслап соңғы бир жыл даўамында кеминде 6 ай физикалық пуқаралардан алынатығын дәрамад салығы яки социаллық салық төлегенлерге мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында жоқары технологиялы медициналық жәрдем бийпул әмелге асырылады.
2024 жыл ақырына шекем наўқаслардың барлық медициналық мағлыўматлары тийкарында қәлиплестирилген ҳәм медицина мекемелериниң өз-ара үзиликсиз бирге ислесиўин тәмийинлейтығын «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» информациялық системалар әмелиятқа енгизиледи.
Сондай ақ, медицина мекеме баслықларына мекемениң қуўатына қарап бөлимлер профилин (қәнийгелигин), олардын емлеў орын санын өзгертириў ҳәм де ажратылған қаржылар шеңберинде хызметкерлер санын жумыс көлемине муўапық белгилеў ҳуқуқы бериледи.
2025 жыл 1 июльдан баслап медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери мийнетине ҳақ төлеўдиң өз алдына тәртип ҳәм де шәртлери енгизиледи.