Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қазақстан пайтахтына келди. Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды. Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында V Пүткил жер жүзилик көшпелилер ойынларының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
«Астана арена»да болып өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Татарстан Баслығы Рустам Минниханов ҳәм басқа сырт елли мийманлар да қатнасты. Жарыста дүньяның 90 ға шамалас мәмлекетинен 2 мыңнан аслам спортшы, соның ишинде, Өзбекстан ўәкиллери қатнаспақта. Ўатанласларымыз гүрес, алысыў, арқан тартысыў, оқжайдан оқ атыў, бәйги, палўанлар беллесиўи сыяқлы бағдарларда күш сынасады.
Қатнасыўшыларға көшпели халықлардың бай мәденияты ҳәм тарийхы, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине бағышланған театрластырылған тамашасы көрсетилди. Соның менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қазақстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.