Бүгин районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 48 улыўма орта билим бериў мектеби ҳәмде 1 қәнигелестирилген мектеплеринде “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.
Усындай байрам кешеси райондағы 48- санлы мектепте өткерилип, илажға район ҳәкими орынбасары Р.Жуматуратов қатнасып, быйылғы оқыӯ жылының басланыӯы менен ҳәм усы мектеп оқыӯшыларының быйылғы жетискенликлери менен қутлықлады.