Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Президент мектебинде билим алып атырған оқыўшылар менен ушырасып, оларға жаңа оқыў жылында табыслар тиледи.
Соның менен бирге, елимизде соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўында да алып барылып атырған реформалар, жаслардың терең билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Буннан соң Президент мектебинде билим берип атырған оқытыўшылар менен жақыннан пикирлесилди. Оларға миннетдаршылық билдирип, елимиз жаслары арасынан жоқары нәтийжелерге ерисетуғын жаслар еледе көплеп жетисип шығатуғынлығы айрықша тилге алынды.