Медиа – тур болып өтти

Медиа – тур болып өтти

18.08.2024 17:57:17 13 Баспаға шығарыў

Шымбай районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң нәтийжели жумыс барысы менен танысыӯ мақсетинде райондағы «Қостерек» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 9 – санлы ҳәм «Темир – жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйынларындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Шымбай районы ҳәкимлиги хызмети баслығы Н.Толыбаевалар  қатнасыӯында медиа-тур шөлкемлестирилди.Меди-тур даӯамында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң балалар ушын жаратылған шараятлары ӯйренилди.

Мағлыӯмат орынында 2017-жылы районда жәми 25 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 3290 бала қамтып алынып қамтып алыў 23,9%ды қураған болса, 2023-жыл ақырында районда жәми 97 мектепке мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызмет көрсетип қамтыў пайызы 74,0 пайызды қураған ал бүгинги күнге келип районда жәми  103 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери 34 мәмлекетлик, 8 мǝмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында ҳǝмде 61 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызмет көрсетип келмекте.

Мектепке шекемги жасындағы 3-7 жас балалар саны                  8813 ти қурайды. Соннан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 4392 бала, мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине                        509 бала, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жәми 1846 бала жәми 6752 балалар қамтып алынып, қамтып алыў дәрежеси ҳәзирде 76,6 пайызды қурайды.

Демек районда  келешегимиз болған перзентлеримиздиң турмысында бақшалара қаратылып атырған итибар нәтийжесинде көзге көринетуғын дәрежедеги өзгерислерди көриӯимизге болады.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content