Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў системасын «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жаңа басқышқа кѳтериў, суд ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлар искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм ерикинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейттириў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықты қорғаў системасына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең кѳлемли ислер жүритилмекте.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 йил 10 июнь күнги «Оператив-қыдырыў ҳәмде тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейттириў ис-илажлары ҳақкында»ғы ПП-89-санлы Пәрманы ҳүжжети тийкарында суд-тергеў әмиелияты инсан ҳуқық ҳәм ерикинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийнлеўде турақлы механизмлер толық иске қойылмағанлығы ҳәмде жынаят садыр еткенликте айыпланып атырған шахстың жеке еркинликке тийкар конституциялық ҳуқықларын суд арқалы исенимли тәмийнлеў шараларын күшейттириў зәрүрлиги бар екенлигин кѳрсетпекте.
«Ѳзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген баслы жѳнелислерден келип шығып, судлар искерлигин асырыў, исти судқа шекем жүритиўде тәреплердиң теңлиги ҳәмде тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, турақлы қорғаўга ерисиў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Әдиллик министрлиги 2025-жыл 1-январдан баслап – жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүритиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша район, қала судларында арнаўлы судьялар – тергеў судьялары тәрепинен кѳрип шығыў тәртибин енгизиў; жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымын киритиў; жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүритиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуал қарарларға берилген санкциялар тек-ғана апелляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Ѳзбекстан Республикасы Әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте кѳрип шығыў тәртибин белгилеў; тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди кѳрип шығыў ўәкилликлерин бериў; тергеў судьялары тәрепинен кѳрип шығылылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди жоқары инстанцияларда қайта кѳрип шығыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалыўлардан ибарат.
Сондай-ақ, терегеў судьясына жынаят материалларын, сол қатары санкциялар ҳәм мәжбүрлеў шараларын қоллаўда санкциялар яғный қамақка алыў яки үй қамағы тәрзиндеги бас шарасын қоллаў менен байланыслы илтимаснама, қамақда сақлаў яки үй қамағы мүддетин узайттырыў мәселелери менен байланыслы илтимаснама, паспорттың (ҳәрекетлениў ҳүжжетиниң) әмел қылыныўын тоқтатып турыў ҳаққындағы илтимаснама, ѳлини эксгумация қылыў ҳаққындағы илтимаснама, почта-телеграф жѳнетпелерин хатлаў ҳақкындағы илтимаснама, тинтиў ѳткериў ҳақкындағы илтимаснама, телефон ҳәм басқа телекоммуникация қурылмалары арқалы алып барылатуғын сѳзлесиўлерди еситип турыў, олар арқалы узатылатуғын хабарларды алаыў ҳақкындағы илтимаснама ҳәм мал-мүлкти хатлаў ҳақкындағы илтимаснамалар болып табылады.
Ал мәжбүрлеў шаралары болса – айыпланыўшыны лауазымнан шетлеттириў ҳақкындағы илтимаснама, шахстың медициналық мекемеге жайластырыў ҳақкындағы илтимаснама, айыпланыўшының медициналық мекемеде болыў мүддетин узайттырыў ҳақкындағы итимаснама, услап турыў мүддетин 48 саатқа шекем узайттырыў ҳаққындағы илтимаснама, прокурордың гуўа ҳәм жәбирлениўшиниң (пуқаралық дауагердиң) кѳрсетпелерин алдыннан беккемлеу ҳақкындағы илтимаснамалары белгиленген.
Соның менен бирге, тергеу судьясы искерлигиниң тийкарғы жѳнелислери етип – нызамшылыкта белгиленген тәртипте тергеў судьясына жүклетилген уазыйпаларды әдалатлы орынлаў, нызам үстинлигин, социаллық әдалатты, пуқаралар тынышлығы ҳәм татаыўлығын тәмийнлеў ҳәмде пуқаралар ҳам юридик шахслардың нызамлы мәплерин суд жолы менен қорғаў белгиленген.
Тергеў судьясы ѳз искерлигин ғәрезсиз әмелге асырып, тек-ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыў, тергеў судьяларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў нызамға муўапық әмелге асырылады ҳәм оларға басшылық етиу тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары, Ѳзбекстан Республикасы Әскерий суд баслықлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.
Бул тәртип-қағыйдалар 2025-жыл 01-янвадан баслап әмелге асырылыўы кѳзде тутылған.
Нѳкис районлараралық судының
судьясы К.Р.Бабаназаров.