Алдын хабар бергенимиздей Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен “ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН МЕКТЕП БОСАҒАСЫНАН БАСЛАНАДЫ” ураны астында билимлендириў тараўы хызметкерлериниң районлық “III Устазлар миллий форумы” болып өтти.
Форумда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Г.Айтмуратова ҳәмде нураный устазлар қатнасты.
Сондай-ақ Г.Айтмуратова баянат жасап жаңа оқыў жылында ислениўи тийис ўазыйпалар ҳәмде белгиленген режелер ҳаққында атап айтқанда жаңа оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-класына жәми 2007 бала оқыўға келиўи күтилип, бул оқыўшылар ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 12 атамадағы «Президент саўғасы» мектеплерге толық жеткерип берилгенлиги. Сондай-ақ, мектеп оқыўшыларынан 107 оқыўшы халықаралық ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификат алыўға ерисген нәтийжелерди айтып өтти.
Форум даўамында 2023-2024-оқыў жылында жетискенликлерге ерискен педагоглар ҳәм тәрбияшыларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.