Бүгин Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдынан Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдиновтың тиккелей басламасы менен жаңадан ашылған, пайызлы орынлардың биринде яғный «Grand Hall» тойханасында 19 жас шаңарақтың неке тойлары өткерип берилди. Тойға район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бѳлими баслығы, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Салтанатлы кешени район ҳәкими А.Тажетдинов ашып берди ҳәм неке тойы ѳткерилип атырған жасларды ѳмириндеги ең умытылмас куўанышлы күни менен шын кеўилден қутлықлап, оларға баҳалы саўғаларын тапсырды. Усы орында, бундай ийгиликли ислер елимизде инсан қәдири ушын деген ийгиликли идеяны турмысқа енгизиў бағдарында әмелге асырылып атырғанлығының айрықша атап ѳтпекшимиз.