Жәмийетимизде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў оларды кәсип-өнерге оқытыў баслы ўазыйпа есапланады. Бүгинги күнде «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынында 1249 хожалық болып, оларда 7434 пуқаралар жасайды. Аймақта жумысссыз пуқараларды кәсип-өнерге бағдарлап бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.
Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында усы жыл басынан 149 пуқара турақлы, мәўсимлик ҳәм жәмийетлик жумыслар менен бәнтлиги тәмийинлениўге ерисилди ҳәм 78 пуқараға шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыўға жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
«Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»ндеги 16 жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларға субсидиялар ажыратылып әсбап-үскенелер алып берилип бәнтлиги тәмийинленди.
Аймақта ҳәким жәрдемшиси басламасы менен «Кеңес хызметлер орайы» ислеп шығарыў кооперациясы шөлкемлестирилип кооперацияға аймақтағы «Жаслар дәптери»не киритилген 30 жумыссыз жаслар ағзалыққа алынып ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен кооперацияға ағзалық төлемлери ушын субсидиялар ажыратылып мотокултиваторлар алып берилди ҳәм жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.
Бүгин кооперацияға ағза болған жасларға мотокултиваторларды тапсырыў илажы болып өтти.Илажға район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизик хызмети районлық бөлими баслығы ҳәм аўыл жасы үлкен ақсақаллары, көше бийлери қатнасып жасларға өзлериниң кеңеслерин берди.