Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен районымызда ҳәр бир аймақта бир қатар имаратлардың ашылыӯ мәресимлери болып өтпекте.Атап айтқанда «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны имаратының бүгин байрам қарсаңында салтанатлы ашылыӯ мәресими болып өтти.Ашылыӯ мәресимине район ҳәкими А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының маслаҳатшысы М. Бабаниязов,Өзбекстан мәҳәллелер аӯқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турмановлар қатнасты.Дәслеп имараттың алдына тартылған лента кесилип жыйналғанлар имарат ишин жаратылған шараятларды көзден өткерди.Барлық шараятлар жаратылған жаңа имаратты көрген инсанның көзи қуӯанады.
Шымбай районының ең шетки аӯыл пуқаралар жыйыны есапланған «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде 5705 ден аслам халық санын қурайды.Халық бар жерде ҳәр күни пуқаралардың мәҳәлледеги ҳәр бир хызметкерге жумысы түсиӯи тәбий енди пуқаралар таза имаратқа келип мәҳәлле хызметкери менен еркин сәӯбетлесе алады, егер жаслар китап оқығысы келсе мәҳәлле имаратында жайласқан китаханада китаплар,газеталар оқып ӯақытын мазмунлы өткере алады.Жақсы шараят таза имарат булардың бәршеси Ҳүрметли Президентимиздиң мәҳәллелерге қаратып атырған итибары ҳәм инсан қәдири ушын исленип атырған унамлы ислердиң әмелдеги нәтийжеси десек болады.