Ҳүрметли Президентимиздиң «Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына тийкар бир топар Ўатанласларымыз Мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип деп табылған еди. Олар арасынан Қарақалпақстан Республикасынан 2 исбилермен де сыйлықланды.
Сондай-ақ, Президентимиздиң «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Бийлигине тийкар және 6 исбилерменимиз «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды өз ийелерине тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратылып берилип атырғаны, әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар бул бағдарда үлкен имканиятлар есигин ашып бергенлигин атап өтти. Сондай-ақ, 20 август – “Исбилерменлер күни” мүнәсибети менен қутлықлап, республикамыздың социаллық-экономикалық турмысында исбилерменлердиң тутқан орны ҳаққында кең түрде тоқталды.
Илажда Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилген исбилерменлерге жоқары дәрежедеги сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды. Өз нәўбетинде, Президентимиз тәрепинен сыйлықланғанлар көрсетилген бундай хошамет ҳәм итибар ушын шексиз миннетдаршылығын билдирди.