Сессияға Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары жуўаплы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанларды Орайлық сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усыныў ҳаққында мәселе көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған мәселе бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.